Ma'daniyat Жеңимпазлар хошаметленди

Жеңимпазлар хошаметленди

0
Жеңимпазлар хошаметленди

Районлық мәденият бөлиминде жаңалықлар көп. Бөлимге қараслы "Шуғла" қосық ҳәм миллий ойын халық ансамбли қатнасыўшысы Сабыр Салиев Қазақстан Республикасы Астана қаласында "ASIA VOICE" халық аралық онлайн тәризде өткерилген таңлаўға вокал атқарыўшылық жөнелисинде 1-орынды, Мақпалкөл мәденият орайы "Миллий ойын" дөгереги қатнасыўшысы Жадыра Өмирбекова миллий ойын атқарыўшылық жөнелисинде 1-орынды ийелегени ушын, оның дөгерек басшысы Манзура Бердибекова ҳәм "Ҳәййиў айтқан жетер муратқа" республикалық көрик таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы жеңимпазлары район ҳәкимлиги тәрепинен хошаметленди. Оларға 1-дәрежели диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырды.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети