Ma'daniyat Бес баслама ҳәрекетте

Бес баслама ҳәрекетте

0
Бес баслама ҳәрекетте

Президентимиздиң «Бес әҳмийетли басламасы»нда көрсетип өтилген, жасларды музыка, сүўретлеў өнери, әдебият, көркем-өнердиң басқа да түрлерине қызығыўшылығын арттырыўдағы тапсырмасы тийкарында  22-январь 30-апрель айлары аралығында район аймағындағы барлық мектеплер арасында ѳткерилген “Әжайып майдан” интеллеткуал ойыны жеңимпазларының финал басқышы өткерилди. Финал басқышында 16 мектептен жеңимпазлар қатнасып, өз-ара билимлерин сынады. Интеллектуал ойын соңында 7-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы  Сатура Мухтарова Гран при сыйлығы менен, 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Азада Караматдинова 1-дәрежели диплом менен, 17-санлы орта мектептиң 9-класс оқыўшысы Гүлдәўрен Таўбаева 2-дәрежели, 18-санлы орта мектептиң 9-класс оқыўшысы Жасулан Таекеев 3-дәрежели диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды. Ойын даўамында мәденият бѳлими ҳызметкелери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети