Siyosat Арнаўлы тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди

Арнаўлы тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди

0
Арнаўлы тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди

 

"Қараой" АПЖ аймағында жайласқан  429-санлы сайлаў участкасында "Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў илажлары даўамында  Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм райондағы  АЖМС (айрықша жағдайлар мәмлекетлик системасы)  хызметлериниң биргеликтеги ҳәрекетлери" атамасында көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.
Оқыў-шынығыў өткериўдиң мақсети:  
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы кампанияси дәўиринде ҳәм өткериў ўақтында пайда болыўы мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў,  халық ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў және олардың ақыбетлерин тез сапластырыў болып табылады. Оқыў-шынығыў жумыслары үш басқышта алып барылды.
Жәми оқыў-шынығыў жумысына орынлардан 65 хызметкер ҳәм 17 арнаўлы  техникалар қатнастырылды. 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети