Ma'daniyat Тараўдағы еки әўладтың ушырасыўы

Тараўдағы еки әўладтың ушырасыўы

0
Тараўдағы еки әўладтың ушырасыўы

 

Кекселер ҳәптелиги районымыздың ҳәр бир аймағында шөлкемлескенлик жағдайында өткерилип атыр. Олар менен жаслардың сәўбети, спорт жарыслары, руўҳый ағартыўшылық ислери алып барылмақта. Районлық медицина бирлеспеси кекселериниң тараў жаслары менен ушырасыўы өткерилди.Кекселер арасында шахмат, шашка жарысы болып, онда нураный аналар белсендилик көрсетти. өткерилди. Мәденият бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген музейди тамашалады. Нураныйлар өзлеринен соңғы әўлад болған кәсиплеслери менен бөлим ҳәўескерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасын тыңлап, ойынға түсти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети