Siyosat Тахтакөпирде пахта терими басланды

Тахтакөпирде пахта терими басланды

0
Тахтакөпирде пахта терими басланды

 

Райондағы 117 фермер хожалықлары тәрепинен 2021-жылдың зүрәәти ушын 3450 гектар майданға шигит егилип, мәмлекетке 8100 тонна пахта шийки затын сатыў бойынша “Qoraqalpog'iston Agrocluster” жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен контрактация шәртнамалары дүзилди.
Усы егилген пахта майданларын өз ўақтында жыйнап терип алыў мақсетинде 5-сентябрьден баслап 10-октябрьге дейинги терим графиги ислеп шығылып,  район ҳәкимлиги тәрепинен тастыйқланды. Районда 40 отряд шөлкемлестирилди ҳәм отряд қурамына 3220 теримши бириктирилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети