Fan va ta'lim Жаңа оқыў жылы басланды

Жаңа оқыў жылы басланды

0
Жаңа оқыў жылы басланды

Елимиздиң барлық билимлендириў шөлкемлеринде жаңа 2021-2022-оқыў жылы басланды. Соның ишинде улыўма орта билим бериў мектеплери де дәслепки оқыў жылының қоңыраўын қағып, ғәрезсизлик сабақларынан оқыўды баслап жиберди.
Район ҳәкими Жамбул Адилов райондағы өзи билим алған 4-санлы орта мектепте болып, оқытыўшылар менен оқыўшыларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады. 1-класс оқыўшылары ушын арнаўлы Президент саўғасы болған оқыў қуралларын тапсырды. Мектепте 230 оқыўшы билим алып атырған болса, соннан 23 оқыўшы мектепке дәслепки қәдемлерин таслап атыр. Мектеп қарақалпақ ҳәм қазақ тилинде билим береди.

#5_МЕКТЕПТЕ

 

Буннан соң район ҳәкими 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, мектеп жәмәәтин жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады. 1-класс оқыўшыларына Президент саўғасы болған оқыў қураллары инәм етилди. Мектепте жаңа оқыў жылының  дәслепки сабағы - ғәрезсизлик сабағы менен басланды.

#3_МЕКТЕПТЕ

 

3-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебинде быйылғы оқыў жылында 860 оқыўшы билим алыўы күтилмекте. Мектеп шет тили, ана тили ҳәм математика пәнлерине қәнигелестирилген.
Быйылғы оқыў жылында мектеп муғаллимлериниң билим дәрежеси жоқары баҳаланып, 5 оқытыўшы жоқары категорияға, 25 оқытыўшы 1-категорияға, 27 оқытыўшы 2-категорияға ийе деп табылды. 2020-2021-оқыў жылында 43 питкериўшиден 20 абитуриент жоқары оқыў орынлары студенти болыўға еристи.
Мектепте дәслепки ғәрезсизлик сабағын район ҳәкиминиң орынбасары, инвестиция ҳәм сыртқы саўда бөлими баслығы Қ.Дарибаев өтти.

#6_МЕКТЕПТЕ

Халық билимлендириў бөлимине қараслы 6-санлы мектепте жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти. 1-классқа қабылланып атырған оқыўшыларға Президент саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.Дәслепки қоңыраў қағылып, ғәрезсизлик сабақлары басланды.

#7_МЕКТЕПТЕ

А.Адилов атындағы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде жаңа оқыў жылының басланыўы - "Билимлер күни" мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди. Быйылғы оқыў жылында мектептиң 1-класына 44 оқыўшы қабылланды. Мектепке дәслепки қәдем таслап атырған оқыўшыларға Президент саўғалары тапсырылды.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети