Siyosat Пресс тур шөлкемлестирди

Пресс тур шөлкемлестирди

0
Пресс тур шөлкемлестирди

Исбилерменлик - бүгинги күнниң алдыңғы қәдемде баратырған буўыны. Олар ушын мәмлекетимиз тәрепинен  қолайлықлар жаратылыўы даўам етпекте. Президентимиздиң өзи исбилерменлердиң мийнетин қоллап-қуўатлап, ўақыт ажыратып олар менен сәўбетлесиўи - исбилерменлерге күш-қуўат бағышлағанын олар жасырмайды. Кешеги исбилерменниң жағдайы ҳәм бүгини қандай? Усы сораў дөгерегинде район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети пресс тур шөлкемлестирди. Журналистлер бул орынды бийкарға таңламаған еди. Себеби, "SHUKHRAT STYLE" шаңарақ кәрханасы тәрепинен ислеп шығарылған тутыныў буйымлары көпшилик хожалықлардың, әсиресе жас шаңарақлардың кемисин толтырыўда үлес қосып атыр. Кәрханаға қолы гүл уста Жамал Сапарбаев басшылық етеди. Хийўа қаласында шәкиртлик жолын баслаған Сапарбаевлардың бул күнде шәкиртлери көп. Биразы өз алдына бөлек кәрхана ашып кетсе де, олардан жәрдемин аямайды. Олар журналистлердиң сораўларына әдил жуўапларын берди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети