Fan va ta'lim Бақшадан мектепке жол

Бақшадан мектепке жол

0
Бақшадан мектепке жол

 

Заманагөй, кең, жақты имаратта тәлим-тәрбия алып атырған аўыл балалары. Олар тәрбияшыдан алған дәслепки билимлерин орта мектеплердиң баслаўыш класларында даўам етеди. Коңыраткөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 14-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң таярлаў топарында тәрбияланған 36 бала тәрбияшылары менен хошласты. "Хош бол, бақша, сәлем мектеп!" атамасындағы хошласыў кешесин өткерген кишкенелер санаўлы күнлерден соң мектеп босағасынан атлайды. Бул олардың өмириндеги үлкен бурылыс - оқыўшылық дәўирине бағдарлайды.

Жаңа оқыў жылыңыз бенен, ҳүрметли оқыўшылар!

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети