Siyosat Пуқаралар жыйыны хызметкерлери ушын семинар

Пуқаралар жыйыны хызметкерлери ушын семинар

0
Пуқаралар жыйыны хызметкерлери ушын семинар

Президент қарары менен 2021-жылдың июль-сентябрь айларында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ўәкиллериниң сайлаўда бақлаўшылар сыпатында қатнасыўы ушын зәрүр билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў мақсетинде сайлаў нызамшылығы, сайлаўдағы бақлаўшылардың  ҳуқық ҳәм ўазыйпалары, сайлаўдың өтиўин  бақлаў тәртиби бойынша дизимли  семинар ҳәм тренинглер шөлкемлестириў режелестирилген. 

Усы тийкарда Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм министрлик жанындағы  “Мәҳәлле ҳәм шаңарақ” илимий-изертлеў институты хызметкерлери тәрепинен бүгин Қараөзек районындағы экономика техникумында Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Шымбай районлары пуқаралар жыйыны хызметкерлери ушын оқыў-семинары шөлкемлестирилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети