Fan va ta'lim Медиа тур өткерилди

Медиа тур өткерилди

0
Медиа тур өткерилди

Балаларымыздың жарқын келешеги ушын жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери имаратлары қурып питкерилмекте. Жасыратуғыны жоқ, көп жыллардан бери халқымыздың перзентлери ушын мәмлекетлик балалар бақшалары имаратлары қайта қурылмады. Ескилерин оңлаўдан өткериў арқалы балалар тәрбияланып атыр. Райондағы 2-балалар бақшасы имараты заманагөй емес имарат болып, жаңа имаратқа мүтәжлик бар еди. Еки қабаттан ибарат жаңа имарат қурылып, бүгинги күнде 150 бала бул шөлкемде тәрбияланып атыр. Хош, бул тәрбия орайында балалардың жағдайы қандай, тәрбияшылардың жумыс алып барыўы ше? Мине, усындай мазмундағы журналистлердиң сораўларына жуўап алыў мақсетинде медиа тур өткерилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети