Siyosat ДӘСЛЕПКИ РЕТ ЖУМА НАМАЗЫ ОҚЫЛДЫ

ДӘСЛЕПКИ РЕТ ЖУМА НАМАЗЫ ОҚЫЛДЫ

0
ДӘСЛЕПКИ РЕТ ЖУМА НАМАЗЫ ОҚЫЛДЫ

Тахтакөпир районындағы Мүлик аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Айымбет ийшан мешити қурып питкерилгени ҳаққында хабар берген едик.

Бүгин мешитимиз пайдаланыўға тапсырылды. Онда шығып сөйлеген Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов, район ҳәкими Ж.Адиловлар халқымызды жаңа мешиттиң әмелде қолланылыўы менен қызғын қутлықлады, оның қурылып питкерилиўинде үлеси бар инсанларға миннетдаршылық билдирди. 
Мешитте  дәслепки рет  Жума намазы оқылып атыр.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети