Ma'daniyat "Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!" ураны шеңберинде халқымыз бенен ушырасыў

"Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!" ураны шеңберинде халқымыз бенен ушырасыў

0
"Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!" ураны шеңберинде халқымыз бенен ушырасыў

Елимиз ғәрезсизлигине 30 жыл. Усы уллы байрам алдынан елимиздиң зыялы азаматлары орынларда "Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!" ураны шеңберинде халқымыз бенен ушырасыўлар өткерип, үгит-нәсият жумысларын даўам етпекте. Райондағы мәденият сарайында республикалық басылымлардың бас редакторлары орта билим бериў мектеплериниң үгит-нәсиятшылары менен ушырасыў өткерип атыр. Өзбекстанға хызмет көрсеткен журналист, Қарақалпақстан журналистлер аўқамы баслығы Кеңесбай Реймов, "Қорақолпоғистон тонги" газетасы редакторы Н.Матьякубова, "Әмиўдәрья" журналының редакторы, шайыр Х. Дәўлетназаров, "Қарақалпақстан жаслары" газетасы редакторы Ш.Пахратдинова, "Жеткиншек" газетасының жуўаплы хаткери Д.Үббиниязовалар шығып сөйледи. Шайыр Х.Дәўлетназаровтың өз дөретиўшилигинен қырәәт жолында қосықларын атқарыўы, Н. Матьякубова, Ш.Пахратдинованың мазмунлы қосықлары ушырасыў қатнасыўшыларында жақсы ҳәм заўықлы кейпият бағышлады.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети