Fan va ta'lim «E-qaror» электрон системасы бойынша дәслепки қолтаңба қойылды

«E-qaror» электрон системасы бойынша дәслепки қолтаңба қойылды

0
«E-qaror» электрон системасы бойынша дәслепки қолтаңба қойылды

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң арнаўлы қәнигеси тәрепинен «E-qaror» электрон системасы арқалы Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң жуўапкер хызметкерлериниң пуқаралар ҳәм исбилерменлик жумысларына байланыслы ҳүжжетлерине қол қойыў ҳәм системаны жүргизиўге байланыслы ҳәрекетлери әмелий тәризде үйретилди.

Бүгин район ҳәкими Жамбул Адиловтың биринши мәрте қарарда қолтаңбасы «E-qaror» электрон системасында қойылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети