Siyosat Ғәлле орым-жыйым мәўсимине бағышланған көргизбели семинар

Ғәлле орым-жыйым мәўсимине бағышланған көргизбели семинар

0
Ғәлле орым-жыйым мәўсимине бағышланған көргизбели семинар

Бүгин, Тахтакөпир районындағы “Атакөл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Кенжа дурдобик" фермер хожалығында ғәлле орым-жыйымы жумысларын баслаў, отрядларға техника ҳәм жуўапкерлерди бириктирип, мәўсимди нәтийжели өткериў ўазыйпаларына бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Семинар кеңесте район ҳәкими Ж.Адилов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң аграр ҳәм суў мәселелери бойынша комитет Баслығы Д.Өтамбетов, Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министри А.Якубов ҳәм сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тараўға жуўапкер шөлкем ҳәм кәрханалар, пахта кластерлери кәрханалары басшылары, тараў ўәкиллери ҳәм қәнигелер қатнасты.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети