Siyosat Пресс-тур шөлкемлестирилди

Пресс-тур шөлкемлестирилди

0
Пресс-тур шөлкемлестирилди

Бүгин райондағы мәмлекетлик хызметлер орайында жаслар менен журналистлердиң қатнасыўында пресс-тур шөлкемлестирилди. Тийкарынан мектеп питкериўшилери болған жаслар өмирге өзлериниң үлкен қәдеми алдынан имарат ишинде орналасқан Өзбекстан Республикасы Президентиниң Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасы менен мәмлекетлик хызметлер орайының алып барып атырған жумыслары менен жақыннан танысып шықты. Нәўбетте турыўдан баслап, 160 түрдеги мәмлекетлик хызметлердиң орынланыў тәртиби, бюрократлықты сапластырыў тийкарында енгизилген тәртип-интизам арқалы пуқаралардың ўақытын алмаў абзаллықлары бойынша орай хызметкери М.Алламбергенов тәрепинен түсиниклер берилди. Журналистлер менен жасларды қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети