Siyosat Көшпели хызметлер

Көшпели хызметлер

0
Көшпели хызметлер

«Белтаў» аўылындағы 15-санлы орта мектептиң жоқарғы класс оқыўшыларына мәмлекетлик хызметлерди онлайн түрде алыў көнликпелерин қәлиплестириў бойынша оқыў семинары өткерилди. Соң районлық ПҲАЖ бөлими менен биргеликте аўыл турғынларына президентимиздиң «Халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда және де қолайлы шәраят жаратыў, бул бағдарда бюрократиялық тосықларды қысқартыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПП-6191-санлы пәрманы менен пуқаралар және  исбилерменлик субъектлеринен талап етилиўи бийкар етилген ҳүжжетлер ҳаққында, пуқаралардың некеден өтиў тәртиби, туўылғанлық ҳаққында гуўалықларын алыў тәртиби ҳәм ПҲАЖ бөлими тәрепинен көрсетилетуғын композит хызметлер ҳаққында түсиниклер берилип, аўыл халқына көшпели түрде мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. 1-июнь байрамы алдынан майыплығы болған ҳәм көп балалы шаңарақ балаларына саўғалар берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети