КИНОЛОГИЯ БӨЛИМИНДЕГИ ХЫЗМЕТ ТҮРЛЕРИ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 31-август күнги 432-санлы қарарына тийкарланып, ишки ислер уйымлары кинология бөлимлеринде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли болған ийтлерди улыўма бойсыныўшы ҳәм қорғаў бағдарлары бойынша төлемли тәртипте үйретиў, сондай-ақ, кинология бөлимлеринде өз мүтәжлигинен артықша ҳәм жумысқа жарамсыз деп табылған хызмет ийтлерин сатыў жолға қойылған.
Кинология бөлими тәрепинен көрсетилип атырған төлемли хызмет түрлери:
- зәрүрликтен артық ҳәм жумысқа жарамсыз деп табылған ийтлерди сатыў;
- физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли болған ийтлерди улыўма бойсыныўшы ҳәм қорғаў бағдарлары бойынша төлемли тәртипте үйретиў;
- физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли болған ийтлерди қорғаў бағдарлары бойынша төлемли тәртипте үйретиў.
Егер мағлыўматлар сизди қызықтырған болса, +99897 846-22-00 номерине мүрәжат етиўиңиз мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң кинология бөлими