Siyosat Жер алған жасларға 100 млн сумға шекем кредит ажыратылады

Жер алған жасларға 100 млн сумға шекем кредит ажыратылады

6
Жер алған жасларға 100 млн сумға шекем кредит ажыратылады

Кредит 7 жыл мүддетке бериледи.

"Жасларға жер ажыратыў арқалы олардың дәраматларын асырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, жаңа жер майданларын өзлестириў ис-илажлары ҳаққында"ғы Президент қарарына муўапық, Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўден сатыўға дейинги болған шынжырды қамтып алыўшы жаңа система бойынша талабанларға төмендеги қоллап-қуўатлаў ислери енгизиледи:
Президент қарарында нәзерде тутылған шәртлерде ҳәм қәрежетлер шеңберинде талабанларға коммерциялық банклери тәрепинен 7 жыл мүддетке 100 миллион сумға шекем кредит ажыратыў;
Бунда, қарар шеңберинде барлық түрдеги кредитлерди "мәҳәлле жетилиги"ниң кепиллиги тийкарында ажыратыўға рухсат бериледи ҳәм олар кредитлердиң нәтийжелилиги ушын тең жуўапкер болады.
Талабанларға мини-техника, туқым ҳәм нәл сатып алыўға "Жаслар дәптери" қорынан 5 миллион сумнан субсидия, фермер, дийхан хожалықлары ҳәм тамарқа жер ийелерин қоллап-қуўатлаў қорынан-33 млн сумға шекем кредит ажыратыў;
Орынлардағы 167 "Агроорайлар" арқалы жеке секторды тартқан ҳалда туқым, нәл жеткериў, минерал төгин бериў, мини-техника ҳәм агроном хызметлери жолға қойылады. Жетистирилген өнимди сатып алыўға қайта ислеўшилер ҳәм экспорт етиўшилер бириктириледи.