Sport Азия чемпионатына жоллама алды.

Азия чемпионатына жоллама алды.

8
Азия чемпионатына жоллама алды.

Усы жылдың 8-10-март күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың «JIU JITSU» түри бойынша Өзбекстан чемпионаты өткерилди.

 Бул жарысқа Тахтакөпир районы Спорт мектебиниң тәрбияланыўшыларыда мүнәсип қатнасып,  U16 44 кг салмақта сыйлы 1-орынды Боранбаева Турсынай, U16 +63 кг салмақта Жаббарбергенова Мехрибан 3-орынды жеңип алыўға мияссар болды ҳәм де усы жылдың 3-9-май күнлери Дубай қаласында өткерилетуғын Азия чемпионатына жоллама алды. 

Жас спортшыларды жарысқа тренер Жамғырбаев Қаллибек таярлады.

Спортшыларымыз қолға киргизген жеңислери менен қутлықлаймыз ҳәм алдағы өткерилетуғын жарысларда табыслар тилеймиз.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети