Iqtisodiyot Районның статистикалық көрсеткишлери

Районның статистикалық көрсеткишлери

12
Районның статистикалық көрсеткишлери

 Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар статистика тараўы искерлигинде де өзиниң унамлы нәтийжелерин көрсетпекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти тəрепинен 2020-жыл 3-августта  «Өзбекстан Республикасының миллий статистика системасын жəне де жетилистириў ҳəм  раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4796-санлы қарары қабылланып, оған муўапық, статистика уйымлары талап жоқары болған сапалы ҳəм исенимли мағлыўматларды қəлиплестириўге, олардың ашықлығы ҳəм əшкаралығын тəмийинлеўге қаратылған профессионал, ғəрезсиз хызметке айландырыў белгилеп қойылған.  
Мəмлекетимизде экономикамыздың негизги көрсеткишлеринен болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шәраятлар жаратыў,  микрофирма ҳəм киши кәрханаларда бəнтлиги тəмийинленбеген жасларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша районымызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Район  бойынша 2024-жылдың 1-январь жағдайына районымыз аймағында 1074 хожалық жүргизиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субъектлери 569 ды қурайды. Дизимге алынған хожалық жүргизиўши субъектлерден ҳəрекет етип турғаны 779 субъект болып, соннан 451и киши бизнес субъектлери болып табылады. 
Жыл басынан баслап жаңадан 227 кәрхана ашылып, бүгинги күнде өз жумысларын жолға қойып, хызметлерин халқымызға усынбақта. 
Усы жылдың 1-январь жағдайына район аймағында ҳәрекеттеги 144 санаат кәрханалары тәрепинен 329 млрд. сум санаат өнимлери  ислеп шығарылып, өткен жылға салыстырғанда 101,1 пайызды қурады.  41 қурылыс кәрханасы көлеми 92,1 млрд. сумды қурап, 101,1 пайызды, саўда көлеми 249,3 млрд. сум болып, 107,7 пайызды ҳәм хызметлер тараўы бойынша 183,1 млрд сум болып, 111 пайызды қурады ҳәм ɵсим пәти тәмийинленди. 

Қурбанбай ЕМБЕРГЕНОВ
Районлық статистика бөлими баслығы