Siyosat Мәжилис өткерилди

Мәжилис өткерилди

0
Мәжилис өткерилди

Район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында быйылғы аўыл хожалығы жылында бәҳәрги егис жумысларына таярлық көриў, өз ўақтында егис жумысларын сапалы алып барыў бойынша мәжилис өткерилди. Мəжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Д.Кайпов, “Ўзбекчорванасл” агентлиги директорының орынбасары  М. Матякубов, район ҳәкими Ж.Адилов, сектор баслықлары ҳəм фермер хожалығы басшылары  қатнасты. Мəжилисте шығып сөйлеўшилер 2022-жыл зүрәәти ушын егилген гүзлик бийдай майданларын екинши мәрте минерал төгинлер менен азықландырыў, суспензия бериў ҳәм зыянкеслерге қарсы гүресиў жумысларын нəтийжели алып барыў, пахта егетуғын жерлерге егис алдынан фосфорлы төгин бериў, жумыслары бойынша түсиник берди. Соның менен бирге районда шарўашылық тараўын раўажландырыў, шарўа малларын жуғымлы от-шөп пенен тəмийинлеу бойынша да өзлериниң усынысларын билдирди.


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети.