Siyosat Бийғəрез жəрдемлер көрсетилди

Бийғəрез жəрдемлер көрсетилди

0
Бийғəрез жəрдемлер көрсетилди

Жиззах ўəлаятының Ғаллаорол  районы да өзлериниң бийғəрез жəрдемлери менен келип район халқының ҳал-жағдайларынан хабар алып, оларға өзлериниң қайырқомлық жəрдемлерин көрсетпекте. 12-февраль күни Ғаллаорол районы ҳəкимлиги “Жаңадəрья” аўыл пуқаралар жыйынына 5 компьютер қурылмалары, 2 инкубатор, 1 майыплар арбашасы ҳəм 4 мыңнан аслам декоратив ҳəм мийўе нəллерин алып келип усы аймаққа бекитилген ҳəким жардемшиси менен биргеликте кем тəмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, “Ҳаяллар” дəптеринде дизимде турған  ҳəм майыплығы болған пуқараларға жəрдем ретинде тарқатып берген болса, 19-санлы улыўма орта билим бериў мектеби ҳəм 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 4 дана компьютер қурылмаларын саўға ретинде тапсырды. 


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети