Siyosat Жиззах ўəлаятынан бийғəрез жəрдемлердиң келиўи даўам етпекте

Жиззах ўəлаятынан бийғəрез жəрдемлердиң келиўи даўам етпекте

0
Жиззах ўəлаятынан бийғəрез жəрдемлердиң келиўи даўам етпекте


Алдын хабар бергенимиздей Жиззах ўəлаятынан районымызға бийғəрез жəрдемлердиң келиўи даўам етпекте. Усындай бийғəрез жəрдемлердиң бири бүгин “Атакөл” аўыл пуқаралар жыйынында да болып өтти. Ғаллаорол районы ҳəкимлиги усы аймаққа бекитилген ҳəким жардемшиси менен биргеликте қуўатлылығы 1000 сыйымлылыққа ийе 4 дана инкубатор, 10 дана гилем, 4000 нан аслам декоратив ҳəм мийўе нəллери, 1 дана тигиў машинасы, 2 дана кепсерлеў үскенелери ҳəм де 100 дана балалар кийимлери усы аймақта жасаўшы кем тəмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, “Жаслар” дəптеринде дизимде турған жаслар ҳəм майыплығы болған пуқараларға тарқатылып берилген болса, 300 дана китаплар топламы ҳəм балалар ойыншықлары   8-санлы улыўма орта билим бериў мектеби ҳəм 5-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине саўға ретинде тапсырылды. 


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети