Siyosat АРНАЎЛЫ ТАКТИКАЛЫҚ ОҚЫЎ ШЫНЫҒЫЎЫ ϴТКЕРИЛДИ

АРНАЎЛЫ ТАКТИКАЛЫҚ ОҚЫЎ ШЫНЫҒЫЎЫ ϴТКЕРИЛДИ

0
АРНАЎЛЫ ТАКТИКАЛЫҚ ОҚЫЎ ШЫНЫҒЫЎЫ ϴТКЕРИЛДИ

Тахтакөпир районы Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен “Адамлар ҳәм ҳайўанлар арасында қутырыў кеселлигиниң алдын алыўда Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм бундай жағдайларда ҳәрекет етиўши мәмлекетлик дизиминиң аймақлық төменги тармағы Тахтакөпир районы буўынына кириўши хызметлер менен биргеликтеги ҳәрекетлери” темасында районлық медицина бирлеспесинде арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы өткерилди. Тактикалық оқыў шынығыўы даўамында районлық Медицина бирлеспеси, Санитария эпидемиология тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы,  Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими ҳəм Абаданластырыў басқармасы тәрепинен район аймағында эпидемик ҳәм эпизоотик жағдайлардың турақлылығын тәмийинлеў, қутырыў кеселлигиниң пуқаралар арасында  тарқалыўының алдын алыў, пуқараларға көрсетилетуғын бирлемши медициналық жəрдем ҳəм қараўсыз жүрген қанғыймай ҳаўанларды аўлаў усыллары әмелиятта көрсетип берилди.


Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети