Siyosat Сессия өткерилди

Сессия өткерилди

0
Сессия өткерилди

 

Тахтакөпир районы ҳәкимиятының мәжилислер залында Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң отыз сегизинши сессиясы болып өтти. 
Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары, сенатор Батыр Матмуратов,  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатлары, сондай-ақ, районлық сектор баслықлары, район ҳәкиминиң орынбасарлары, тийисли мәкеме, кәрхана, шөлкем,  уйым баслықлары ҳәм республика дәрежесиндеги ғаллаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Сессияның күн тәртибинде көрсетилген социал-экономикалық көрсеткишлердиң өсиў пәтлери, халықтың жан басына салыстырғанда өзгериўи, социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылар ҳәм де халықтың реал дәраматларын асырыў мақсетинде жыл даўамында алып барылып атырған жумыслар және келеси жылдың режелери бойынша район ҳәкими Жамбул Адиловтың мүрәжаты тыңланды.
Мүрәжатта атап өтилгениндей, 2021-жыл даўамында санаат кәрханалары тәрепинен 207,2 млрд. сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылыўына ерисилген  ҳәм бул өткен жылға салыстырғанда 102,3 процентти қурайды. 
Жылдың өткен айлары даўамында туўрыдан туўры 1 млн. 154 мыӊ АҚШ долларлық сырт ел инвестициялары өзлестирилип, бунда "Сейт шарўа", "Данияр шарўа", Ҳурлиман шарўа, "QARAKOL-NUKUS" фермер хожалықлары менен   "QARAQALPAQSTAN AGRO KLASTER" ЖШЖниң үлеслери бар.
Район бойынша 11 ай даўамында 392 жаӊа жумыс орынларыныӊ жаратылыўы режелестирилген ҳәм улыўма 409 жаӊа жумыс орынлары жаратылып, режениң 104,3 % пайызға орынланыўына еристи.
Президентимиздиң пәрман ҳәм қараплары тийкарында коммерциялық банклер тәрепинен киши бизнес субъектлерине барлық қаржыландырыў дереклери есабынан 32,5 млрд.сумлық банк кредитлери ажыратылып, өткен жылға салыстырғанда 1,6 есе артық банк кредитлерин өзлестириўге еристи. 2020-жылда бул көрсеткиш  20,5 млрд.сум болған болса,  өткен 11 ай даўамында 159 пайызға өсим болды.
Соның ишинде, “Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў” мақсетинде 660 пуқараға жәми 12 млрд. 323,2 млн. сум муғдарында  жеңиллетилген кредит қаржлары ажыратылды.
Мүрәжатта сондай-ақ, өткен 11 ай даўамында тараўларда алып барылған жумыслардың жуўмағы ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Буннан соң Олий Мажлис Сенатының Арал бойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары, сенатор Батыр Матмуратов шығып сөйледи.
Сессиядан соң райондағы төрт сектор тәрепинен алып барылып атырған жумыслар тийкарында баспасөз конференциясы өткерилди. Баспасөз конференциясында журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.