Siyosat "Аўыл хожалығы хызметкерлери күни" мүнәсибети менен Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адиловтың қутлықлаўы

"Аўыл хожалығы хызметкерлери күни" мүнәсибети менен Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адиловтың қутлықлаўы

0
"Аўыл хожалығы хызметкерлери күни" мүнәсибети менен Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адиловтың қутлықлаўы

Ҳүрметли дийқан ҳәм фермерлер!
Аўыл хожалығы тараўында мийнет етип атырған қәдирли ўатанласлар!
Бәршеңизди, пүткил район халқын Аўыл хожалығы хызметкерлери күни менен шын жүрегимнен қутлықлайман. Аўыл хожалығы тараўы экономикамыздың ең ески, ҳеш қашан өз орнын ҳәм әҳмийетин жоғалтпайтуғын, соның менен бирге ең жуўапкершиликли ҳәм де мийнети аўыр болған кәсиплердиң бири есапланады. Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен декабрь айының екинши екшембиси "Аўыл хожалығы хызметкерлери күни" деп белгилениўи өз исиниң устасы болған дийқан ҳәм фермерлермизге деген айрықша ҳүрмет ҳәм итибардың белгиси екенлигинен дерек береди. Ҳәр жылы ерте бәҳәрден жеримизге дән шашып, шаңарақларымызға мол ырысқы несийбе себепшиси болған сизлердей пидайы инсанларға ҳүрметимиз шексиз. Турмыс сынаўларында шыныққан бәрше аўыл хожалығы хызметкерлери районымыз халқының пәраўанлығын асырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдей жуўапкершиликли ўазыйпаны орынлаўда бар билим ҳәм күш-ғайратын жумсайды деп беккем исенемиз. Сизлерди және бир рет байрамыңыз бенен қутлықлайман ҳәм бәршеңизге саў-саламатлық, бахыт-ығбал жуўапкершиликли жумысларыңызда табыслар тилеймен.

Ҳүрмет пенен,
Тахтакөпир районы ҳәкими Ж.Адилов