Siyosat Тигиўшилик кәсибине оқытылды

Тигиўшилик кәсибине оқытылды

0
Тигиўшилик кәсибине оқытылды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-августтағы ПҚ-4804-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде орынларда аймақ турғынларын кәсип-өнерге оқытыў орайлары шөлкемлестирилди. Белтаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жумыссыз  20 ҳаял-қыз тигиўшилик қәнигелиги маманы Т.Нуржанова тәрепинен оқытылды ҳәм мийнет министрлиги тәрепинен арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети