Siyosat Kөшпели қабыллаў өткерилди

Kөшпели қабыллаў өткерилди

0
Kөшпели қабыллаў өткерилди

 

Райондағы 4 сектор басшылары тәрепинен “Өзбекстан” АПЖ аймағында жасаўшы халық ҳәм олар арасындағы жаслар менен көшпели қабыллаў өткерилди. Онда халықтың машқаласы тыңланып, оны шешиў жоллары қарастырылды.
Ушырасыў даўамында аймақ турғыны Б.Тилеўмуратованың аўылдан тамарқа жер ушын минерал төгин сатыўшы дүкән шөлкемлестириў, Ү.Нысанованың Нөкис-Тахтакөпир автожолының аўыл аймағынан өтиўши тәрепинен оқыўшылардың мектепке барыўы ушын пиядалар жолы зәрүр екенлиги, пуқара А.Туржановтың аймақтағы электр линиялари ҳәм трансформатор пунктин оңлаў, Е.Бектурсыновтың тамарқа жер ушын суў мәселеси, А.Есемуратованың жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққындағы мүрәжатлары бойынша тийисли шөлкем басшыларына көрсетпелер берилди. Сондай-ақ, аймақта жасаўшы пуқара Л.Қаражанованың исбилерменлик пенен шуғылланыў мәселесиндеги мүрәжаты бойынша мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы тәрепинен түсиник берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети