Siyosat Көшпели қабыллаў аймақларда өткерилди

Көшпели қабыллаў аймақларда өткерилди

0
Көшпели қабыллаў аймақларда өткерилди

Алдын хабар бергенимиздей, Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судының орынбасары К.Тарихов ҳәм  ҳәкимшилик суды баслығының ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы А.Нурлипесов 2021-жыл 23-апрель күни Тахтакөпир районы Ғәрезсизлик, Айдынжол, Дәўир МПЖ ҳәм Тахтакөпир ППЖ аймағында көшпели қабыллаўлар өткерди. Қабыллаўлар барысында ҳуқықый жәрдемге мүтәж болған пуқараларды қыйнап киятырған машқалалары анықланып, орнында унамлы шешиў бойынша зәрүр ҳуқықый жәрдем көрсетилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети