Siyosat Дийқанлар кеңесип алды

Дийқанлар кеңесип алды

0
Дийқанлар кеңесип алды

А.Адилов атындағы АПЖ аймағында жайласқан «Даўытсай дала» фермер хожалығында «2021-жылдың зүрәәти ушын егилген шигит майданларында зыянкеслерге қарсы гуресиў бойынша биолабораториялар тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм биринши культивация жумысларын өткериў бойынша көргизбели семинар кеңес болып өтти.

Семинар кеңеске, Қарақалпақстан фермер, дийхан хожалалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси баслығы,  районлық аўыл хожалығы бөлими,  ирригация ҳәм мелиорация бөлими, «Агрохимияқорғаў» район филиалы, нефть шақапшалары, МТП ҳәм альтернатив МТП, коммерциялық банклер ҳәм де аўыл  хожалығы мәкеме, кәрхана ҳәм пахташылыққа қәнийгелестирилген фермер хожалықлары баслықлары қатнасты.