Siyosat Ҳаял-қызларға жәрдемде

Ҳаял-қызларға жәрдемде

0
Ҳаял-қызларға жәрдемде

"Белтаў" аўылында "Ҳаяллар дәптери"нде дизимге алынған ҳаял-қызларға жәрдем бериў мақсетинде районлық ҳаял- қызлар жәмәәтшилик кеңеси, районлық кеңестиң депутат ҳаял- қызлары ҳәм орынлардағы пуқаралар жыйыны баслықлары ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасарларының қатнасыўында  семинар өткерилди. Буннан соң оларға  шаңарақ мәдениятын мийман күтиў, ҳәр бир келиўшилерди күтип алыў, асхананы таза тутыў, үй әтирапларын таза услап, тамарқа жеринен өнимли пайдаланыўды үгит-нәсиятлаўшы акция даўам еттирилди. Ҳәр бир қатнасыўшы бир үйден бөлисип  алып,  абаданластырыў жумысларына жәрдем берди.

 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети