Siyosat Жынаятлардың алдын алыўға бағышланған мәжилис

Жынаятлардың алдын алыўға бағышланған мәжилис

0
Жынаятлардың алдын алыўға бағышланған мәжилис

Район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында жынаятлардың алдын-алыў, жынаятшылық профилактикасын және де күшейттириў, әдил судлаўды тәмийинлеў,  шаңарақ турмыс шеңбериндеги адам өлтириў ҳәм дене жарақатын жеткизиў менен байланыслы жынаятлардың алдын алыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилисти районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы М.Шербеков алып барды. Мәжилисте шығып сөйлеген Шымбай районлараралық пуқаралық ислери бойынша судының баслығы М.М.Сапаев өзи жумыс алып барып атырған системадағы өзгерислер, даўа арзалар, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳаққында, профилактика инспекторы С.Назарбаев биргеликте жумыс алып барыў арқалы нәтийжеге ерисиў мүмкинлиги ҳаққында айтып өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети