Siyosat Аўыл хожалығында өнимдарлық алыўға бағышланды

Аўыл хожалығында өнимдарлық алыўға бағышланды

0
Аўыл хожалығында өнимдарлық алыўға бағышланды

Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы тәрепинен "ӨзЛиДеП фермерге көмекши" атамасында аўыл хожалығы тараўының тийисли қәнигелери менен биргеликте семинар болып өтти. Семинарға ӨзЛиДеП  ҚР кеңеси аппарат баслығы  Ш. Өтемисов, ҚР аўыл хожалығы министрлигиниң бөлим баслыгы Қ.Атажанов, ҚР фермерлер ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳуқық мәсләҳәтшиси Ф. Беканов, бир неше фермерлер қатнасты.

Дийқан фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң өнимлерин жетилистириў, қайта таярлаў ҳәм өнимдарлықты арттырыў, аўыл хожалығы тараўында жаңа технологияларды енгизиў, тамшылатып суўғарыў талаплары  бойынша тараў қәнигелери мәсләҳәтлер берди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети