Siyosat Таза ишимлик суў нәўбети "Қоструба"ға

Таза ишимлик суў нәўбети "Қоструба"ға

0
Таза ишимлик суў нәўбети "Қоструба"ға

Тахтакөпир районы орайынан 150 км қашықлықта жайласқан «Қоструба» мәкан кеңес пуқаралар жыйыны аймағында 27 хожалықда 144 пуқара жасайды. Бул аймақта жасаўшы халық бүгинги күнге дейин ишимлик суўы сыпатында скважинадан шығып турған суўлардан пайдаланып келди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажландырыў Бағдарламасы,  Өзбекстан Республикасы ҳүкимети ҳәм Адаптация фонды, «САNADA» жергиликли инициативаларды қоллап- қуўатлаў фонды есабынан саатына 500 литр таза ишимлик суўын жеткерип бериўши фильтрли суў тазалағыш үскенеси қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
«Қоструба» МКПЖ 2002-жылы шөлкемлестирилген болып, арқа шығыста Қазақстан Республикасы Қармақшы районы Шопанқазған аўылы менен шегараға шекем 180 км ди қурайды. Мине, усындай алыстағы аўыл халқы таза ишимлик суўдан пайдаланып, қуўанышқа бөленип атыр.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети