Siyosat Сиясий ағартыўшылық сааты өткерилди

Сиясий ағартыўшылық сааты өткерилди

0
Сиясий ағартыўшылық сааты өткерилди

Мəмлекетлик пуқаралық хызметкерлери ушын ҳәр ҳәптениң жума күни дәстүрге айналған "Сиясий ағартыўшылық сааты" өткерилди.

Мәмлекетлик басқарыўы академиясында министрлик ҳәм мәкемелер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси және ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, барлық район ҳәм қала ҳәкимликлериниң хызметкерлери ушын сиясий-ағартыўшылық оқыў сааты болып өтти.

Сиясий ағартыўшылық сааты Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги ҳәм Мәмлекетлик басқарыў  
академиясы менен биргеликте шөлкемлестирилди. 

Усы сиясий-ағартыўшылық саатта спикерлер Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске Мүрәжатнамасында белгиленген ўазыйпалар, сондай-ақ, социаллық-экономикалық, сиясий-ҳуқықый ҳәм мәмлекет басқарыўы тараўларында әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине тоқтап өтти.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети