Siyosat Ушырасыўда додалаўлар

Ушырасыўда додалаўлар

0
Ушырасыўда додалаўлар

Район ҳәкимлигиниң киши мәжилислер залында ушырасыў өткерилип, онда сөзге шыққан Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиниң аға оқытыўшысы Д.Сапаров Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилисинде мақулланған Нызамлар, көрип шығылған мәселелер,  «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы"нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик бағдарламаның мазмун-мәнисин түсиндирди. 

Буннан соң  районлық әдиллик бөлими баслығы Н.Қалимбетов, район прокуроры П.Халмуратов, жынаят ислери бойынша район суды баслығы Ж.Уразбаев, районлық Кеңес депутаты А.Аллияровалар 2021-жылы октябрь айында өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў, Өзбекстан Республикасы Нызамлары, Президент Пǝрманлары, қарарлары ҳәм жынаятшылық судлар бойынша шығарылып атырған Нызамлар, Мәмлекетлик бағдарлама бойынша шығып сөйледи.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети