Siyosat Жас китапқумар көрик таңлаўы Тахтакөпирде

Жас китапқумар көрик таңлаўы Тахтакөпирде

0
Жас китапқумар көрик таңлаўы Тахтакөпирде

Районда "Жас китапқумар" көрик таңлаўы өткерилди. Онда 3 категория бойынша 10-14 жас, 15-19 жас ҳәм 20-30 жас аралығындағы китапқумарлар өз-ара күш сынасты.

Таңлаў жуўмағында, 10-14 жас категориясында 3-орынды А.Абитова, 2-орынды Г.Бегдуллаева, 1-орынды Г.Уснатдинова ийелеп, кейинги басқышқа жоллама алды. 15-19 жас категориясында  3-орынды А.Караматдинова, 2-орынды Х.Жолдасбаева ийеледи. 1-орынға А.Абдиреймов мүнәсип деп табылды. 20-30 жастағылардан 3-орынды М.Алламбергенов, 2-орынды Ж.Өтегенов, 1-орынды Қ.Исмамутов  ийелеп, кейинги басқышқа жоллама алды. 
Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар Жаслар ислери  агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды. Жеңимпазларға келеси басқышта да әўмет жолдас болсын.

Г.Дәўлетмуратова