Siyosat Аты мәңгилестириледи

Аты мәңгилестириледи

0
Аты мәңгилестириледи

Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Қаҳарманы Ағытай Әдиловтың туўылғанына 80 жыл толыў ҳүрметине өткерилген еслеў кешесинде Қарақалпақстан Республикасы жазыўшылар аўқамының баслығы шайыр Кеңесбай Каримов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызанов, мәмлекетлик искер нураныйлардан Сапарбай Юлдашев, Генжебек Қурбанов, Парахат Айтниязов, Улуғбек Жалменов, Игенбай Нурсейтов, шәкирти, Өзбекстан Қаҳарманы Сәрсенбай Сейтназаровлар шығып сөйледи.Олар еске түсириўлеринде А.Адиловтың искерлиги,  әтирапындағыларға үлги болатуғын адамгершилиги ҳаққында мысаллар менен айтып өтти. Мәденият бөлими ҳәўескерлери тәрепинен арнаў қосықлары қойып берилди.

Тахтакөпир районы орайынан бир көше аты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы комиссиясы тәрепинен мақулланып қаҳарманның өзи мийнет еткен аўыл пуқаралар жыйыны атамасы енди Агытай Адиловтың аты менен аталатуғын болды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети