Siyosat Быйылғы жылдың зүрәәти ушын

Быйылғы жылдың зүрәәти ушын

0
Быйылғы жылдың зүрәәти ушын

Райондағы «Қараой» АПЖ аймағындағы «Искендер тахта» фермер хожалығында «Жүзим ҳәм интенсив бағ жаратыў, ғәлле егилген майданларға минерал төгин бериў ҳәм тамшылатып суўғарыўды енгизиў" бойынша көргизбели семинар кеңес болып өтти.

Семинарға Қ.Р. Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары С.Хожаметов, Қ.Р. аўыл хожалығы министри  А.Якубов, район ҳәкими Ж.Адилов, сектор баслықлары, тараўға байланыслы қәнигелер қатнасты.
Район бойынша 123 фермер хожалығында 2021-жылдың зүрәәти ушын 3450 гектар майданға масақлы дән егилип, мәмлекетке 4424 тонна бийдай сатыў бойынша «Шымбай дән" кәрханасы менен шәртнама дүзилди.  2021-жылда районда 200 гектар майданға жүзим, 15 гектарға интенсив бағ жаратыў режелестирилип, егилетуғын мийўе ҳәм жүзим нәллерин алып келиў бойынша да шартнамалар дүзилген.  560 гектар майданда тамшылатып суўғарыўды енгизиў бойынша “Кегейли ДУК” пенен шартнама дүзилип, бүгинги күнде қаржыландырыў жумыслары алып барылмақта.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети