Siyosat "Кендирли" аўылы таза ишимлик суўынан пайдаланады

"Кендирли" аўылы таза ишимлик суўынан пайдаланады

0
"Кендирли" аўылы таза ишимлик суўынан пайдаланады

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Арал бойының ең алыс аймақларындағы халықтың жасаў шәраятларын жақсылаў илажлары көрилип атыр. Бүгин Тахтакөпир районы орайынан 20 километр алыста  жайласқан «Қоңыраткөл»  АПЖ  "Кендирли" аўылында Өзбекстан Экологиялық партиясы ҳәм Инновацион Экотехнопарк пенен биргеликте  1 млрд  200 млн сум баҳадағы суў тазалаў үскенеси пайдаланыўға тапсырылды.

100 ге жақын хожалық жасаўшы бул елатта енди улыўма орта билим бериў мектеби менен мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң кишкенелери де таза ишимлик суўынан пайдаланады. Аўыл халқы бундай мүмкиншилик жаратылыўынан жүдә миннетдар екенин билдирди. 
Олий Мажлис Сенаторы Б.Алиханов, район ҳәкими Ж.Адиловлар "Кендирли" аўылында болып, аўыл халқын таза ишимлик суўы жеткерип берилиўи менен қутлықлады. 
Әлбетте, таза ишимлик суўы - саламатлықтың тийкары. Халқымыз оның қәдирин жақсы биледи.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети