Siyosat Сектордағы ушырасыўлар, ўазыйпалар

Сектордағы ушырасыўлар, ўазыйпалар

0
Сектордағы ушырасыўлар, ўазыйпалар

"Дәўир” МПЖ аймағындағы 4-санлы орта мектеп залында район ҳәкими, 1-сектор баслығы Жамбул Адилов тәрепинен “Ҳаяллар дәптери”не киргизилган ҳаял-қызлар ҳәм “Жаслар дәптери”ндеги жаслар менен көшпели қабыллаў өткерилди. Ушырасыў барысында ҳаял-қызларды, жасларды толғандырып жүрген машқалалары тыңланды ҳәм оларды орынлаў бойынша режелер белгилеп алынды.

Район ҳәкими, 1-сектор баслығы “Дәўир” МПЖ аймағында қурылысы жүрип атырған  “Дәўрен” жеке меншик кәрханасының халыққа хызмет көрсетиў орайы имараты менен танысып,  кемшиликлери соралды ҳәм жуўапкер шөлкемлерге көрсетпелер берилди.
Сондай-ақ, усы аймақтан өтиўши  4Н112 автожолында алып барылып атырған реконструкция жумыслары менен де танысып шықты. Ол жердеги кемшиликлерди толықтырыў мақсетинде кесип алып ислеўши шөлкемлерге де көрсетпелер берилди. 

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети