Siyosat Аўыл халқының мүрәжаты тыңланды

Аўыл халқының мүрәжаты тыңланды

0
Аўыл халқының мүрәжаты тыңланды

Бүгин "Атакөл" аўыл пуқаралар жыйынындағы 8-санлы орта мектептиң мәжилислер залында район ҳәкими, 1-сектор баслығы Жамбул Адиловтың аймақтағы "Ҳаяллар дәптери", "Жаслар дәптери"не енгизилген ҳаяллар ҳәм жаслар менен ушырасыўы өткерилди. Онда ҳаялларымызды, сондай-ақ, жасларды қыйнап киятырған машқалалар ашық-айдын айтылды. Қ.Жолдасбаева, Г.Ержановалар жумыссызлық мәселесинде мүрәжат етти. Бәнтликке көмеклесиў орайына оларды дизимге алыў, инвестиция жойбарларында жаратылатуғын жаңа ис орынларына жайластырыў бойынша, Ш.Сүйинқараеваға  мал алып сақлаўда, Т.Бекимбетоваға тигиў машинасын сатып алыўда жеңиллетилген кредитлер алыўы ушын банклерге тапсырмалар берилди. Жаслардың дийқаншылық, балықшылық пенен шуғылланыў мақсетинде жер майданларын ажыратыўдағы мүрәжатлары есапқа алынатуғын болды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети