Siyosat "Абат аўыл" болыўы ушын

"Абат аўыл" болыўы ушын

0

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы, Пуқаралық қәўипсизлиги баслығының 2021-жыл 4-январь күнги 1-санлы буйрығына тийкарланып, Тахтакөпир районы «Белтаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында егилетуғын аўыл хожалығы егинлери ҳәм бағларын суўғарыў ушын суў ҳәўизин қурыў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда аймақта жайласқан көшелерди абаданластырыў, турақ жайлардың сыртқы көринислерин (фасад) пардозлаў жумыслары, аўыл турғынларының жасап атырған турақ жайларының электр есаплағыш үскенелерин ҳәзирги заманагөй есаплағышқа өзгертиў ислери алып барылмақта ҳәм де газ баллонлары толтырып берилип атыр.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети