Siyosat Және жаслар менен

Және жаслар менен

0
Және жаслар менен

5-санлы мектепте "Дәўир" мәкан пуқаралар жыйыны аймағы жаслары менен район ҳәкими Ж.Адилов ҳәм мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлимшеси баслығы Х.Маматовлардың  ушырасыўы өткерилди.

Жаслар өзлериниң пикир-усыныслары менен ортақласты. Олардың мүрәжаты тыңланды. Жаслардан Яссаўий көшеси турғыны П.Қосжетерова жумыс сораған мүрәжаты бойынша районлық халық бәнтлигине  көмеклесиў орайына көрсетпелер берилди. З.Жумабаеваның жумыс пенен тәмийинлениў мүрәжаты бойынша аймақта ашылған мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жайластырыў режелестирилди. "Мақпалкөл гүзары" көшесинде жасаўшы З.Алламбергенова район орайынан исбилерменлик ушын имарат қурғанын, енди үй мийманханасын ашыўда кредит сораған мүрәжаты бойынша банк филиалларына көрсетпелер берилди. 
Жасларға исбилерменликти баслаўдағы мүмкиншиликлер, арнаўлы курслар арқалы жумыс баслаў, сондай-ақ, устаз-шәкирт жөнелиси арқалы мийнеттиң көзин табыў жоллары түсиндирилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети