Siyosat 2020-ЖЫЛ 1-ЯНВАРДАН БАСЛАП 28 ТҮРДЕГИ МАҒЛЫЎМАТНАМАЛАР БИЙКАРЛАНДЫ

2020-ЖЫЛ 1-ЯНВАРДАН БАСЛАП 28 ТҮРДЕГИ МАҒЛЫЎМАТНАМАЛАР БИЙКАРЛАНДЫ

0
2020-ЖЫЛ 1-ЯНВАРДАН БАСЛАП 28 ТҮРДЕГИ МАҒЛЫЎМАТНАМАЛАР БИЙКАРЛАНДЫ

Бул мәмлекетлик органларда қағазбазлыққа қарсы гүресиўге жәрдем береди ҳәм әмелдеги бюрократиялық система орнына заманагөй санлы технологиялардың енгизилиўине жәрдем береди (ƟзбекстанРеспубликасыПрезидентиниң 9.12.2019-жылдағы ПҚ-4546-санлы қарары).

Буннан алдын, 2018-жыл 15-октябрден баслап пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларының үш түрдеги мағлыўматнамаларынан ўаз кешилген еди. 2020-жыл 1-январдан баслап 28 түрдеги мағлыўматнамалар толық бийкар етилди. Яғный мәмлекетлик органлар пуқаралардан оларды улыўма талап етпейди, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары–оларды бериўди тоқтатты.

Атап айтқанда:

  1. Жасаўорнынанмағлыўматнама;
  2. Арза бериўши жасаў орны бойынша жасап атырғанлығы (дизимнен өткерилгенлиги) хаққында мағлыўмат;
  3. Турақлы ҳәм ўақытшалық дизимнен өтип жасаўшылар саны ҳаққында мағлыўмат;
  4. Турақлы жасаў орнында жасап атырған мүддети көрсетилген мағлыўматнама;
  5. Жасаўшы шахслар санын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
  6. Турақ жайда жасаўшы шахслар көрсетилген ҳалда мағлыўматнама;
  7. Арза бериўши жасаў орны бойынша бир өзи жасаўы (дизимнен өткерилгенлиги) ҳаққында мағлыўматнама;
  8. Пуқараның жалғыз жасап атырғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
  9. Шаңарақ ағзаларының пенсионер менен ол қайтыс болған күнге шекем бирге жасап турғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
  10. 80 жасқа толған, өзгениң қарамағына мүтәж болған үлкен жастағы ғарры адамды баққан ўақытын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
  11. Қарамағында мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзалары барлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
  12. Қайтыс болған бағыўшының қарамағындағы шаңарақ ағзалары қурамы ҳаққындағы мағлыўматнама;
  13. Қайтыс болған хызметкер менен туўысқанлық дәрежесин тасыйықлаўшы мағлыўматнама;
  14. Жеке жәрдемши хожалықларда ислеўши пуқаралардың бәнтлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
  15. Шахс ҳақыйқаттан майыплығы болған шахсты бағып атырғанлығы ҳаққында мағлыўматнама;
  16. Жумыссызлық  ҳаққында мағлыўматнама;
  17. Қайтыс болған бағыўшының ата-аналары, өмирлик жолдасы, атасы, апасы, аға-иниси яки апа-сиңлисинен биреўи қайтыс болған бағыўшының балалары, аға-иниси, апа-сиңлилери яки ақлықлары, ислеўшилерге балаға қараў ушын ис-ҳақы берилмеген ҳалда дем алыста болыў ҳуқықын беретуғын жасқа толғанға шекем бағыў менен бәнт болғанлығы ҳәм ислемегенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
  18. Қайтыс болған шахстың ата-аналары, өмирлик жолдасы яки шаңарақтың басқа ағзасы қайтыс болған шахстың 3 жасқа толмаған балалары, аға-инислери, апа-сиңлилери яки ақлықларын бағыў менен бәнт болғанлығы ҳәм жумыс ислемегенлигин тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
  19. Қәнигениң қарамағында болған шаңарақ ағзасы қайтыс болғанда жәрдем пулын ажыратыў ҳаққында мағлыўматнама;
  20. Туўылғанлық ҳаққында тәкирарий гүўалықты алыў ушын ер жетпеген шахстың яки паспорт алмаған шахстың фотосүўрети жабыстырылған мағлыўматнама;
  21. Әменгерликке алынғанларды тәмийинлеў ҳәм оларды керекли дәрежеде бағып қараў бойынша туўысқанларының қәдирлигин тастыйықлаўшым ағлыўматнама;
  22. Әменгер яки қәўендер болыў нийетин билдирген жумыс ислемейтуғын шахслар ушын мағлыўматнама;
  23. Жеке меншикжәрдемши хожалығында қарамал барлығы яки аўыл хожалығы өнимлериниң басқа түрлерин жетистириў менен бәнтлиги ҳаққында мағлыўматнама;
  24. Ɵзи таярланған товарлар саўдасы менен шуғылланыўы ушын шәраятлары барлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнама;
  25. Кеселликке шалынған(сил, тери кеселликлериниң аўыр көриниси, қантлы диабеттиң жаралары, псориаз) хаяллардың басқа ханада жасаўы кереклиги ҳаққында мағлыўматнама;
  26. Кем тәмийинленген шаңарақта жалғыз өзи 2 ҳәм оннан артық жас өспирим балаларды тәрбиялап атырған ҳаяллар ҳаққындағы мағлыўматнама;
  27. Жазаны өтеў орынларынан азатлыққа шыққан, ҳәм азатлықтан айырыў менен байланыслы болмаған жазаға ҳүким етилген шахслардың өмир баяны менен мағлыўматнама.
  28. Жерлеў ɵткерилгенлиги ҳалатын тастыйықлаў ушын мағлыўматна.

Т.Жусипов

Тахтакɵпир районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси