Siyosat ҚУТЫРЫЎ КЕСЕЛЛИГИНЕН САҚЛАНАЙЫҚ!

ҚУТЫРЫЎ КЕСЕЛЛИГИНЕН САҚЛАНАЙЫҚ!

0
ҚУТЫРЫЎ КЕСЕЛЛИГИНЕН САҚЛАНАЙЫҚ!


Қутырыў  бул орайлық нерв системасы хызметлеринин бузылыўы менен өтетуғын өткир жуқпалы кеселлик болып табылады. Қутырыў кеселлигиниң шақырыўшысы вируслар болып табылады.
Кеселликтиң жуғыў жоллары.  Қутырыў кеселлиги адамларға қутырған ҳайўанлардан (ийт, пышық, шағал, түлки, қасқыр) тислеген ўакытлары силекейи аркалы жуғады. Бул кеселлик тийкарынан гүз ҳәм бәҳәр айларында ушырасады.
Қутырыў кеселлигиниң вируслары бас мийдиң хызметин бузып,  мийдиң исиниўине алып келеди.
Кеселликтиң клиникалық белгилери:  Наўқасланған ҳайўанлардың көзи қызарады. Аўзынан көп силекей ағады. Суў ишпейди. Жүриси өзгерип, көринген адамға ямаса ҳайўанға тасланып тислейди. Адамларда қутырған ҳайўан тислеген жери исинип. қызарады.  Қышыйды ҳәм аўырыў пайда болады. Наўқас кеўилсизленип  қорқынышлы ойлар пайда болады. Уйқысы азайып, қорқынышлы түслер көреди, иштейи төменлейди, қайтарады. Көп терлейди, тынышсызлық пайда болады. Суў берген ўақытлары суў ише алмайды. Ишиўге ҳәрекет еткенде наўқаста қалтыраў, қорқыў пайда болып, дем жетпей қалады. Жақтыға қарай алмайды. Қатты даўыс, шаўқымға дем алысы қыйынласып денесинде тартылыў пайда болады.Наўқаслар көп сөйлейди, даўысы әстен шығады. Сөйлеген сөзлери бир-бирине уйқаспайды. Жутыныў ҳәм дем алыў қыйынласады. Кеселлик ҳәўиж алған дәўирде наўқас өзиниң кийимлерин ҳәм төсеклерин жыртып таслаўы мумкин. Түкирик шығыўы көбейеди хәм ақыбетинде жүрек ҳәм дем алыў хызмети тоқтап өлимшиликке алып келеди.
Алдын алыў илажлары: Ҳайўан тислеп алған жерди сол ўақытта ағып турған суў менен, соңынан сабынлы суў менен жуўыў керек. Тез арада жасап турған жериңиздеги аймақлық поликлиникаға барып хабарласыўыңыз керек.
Үй ҳайўанларына өз ўақтында шаншыў өткериу керек. Көшеде белгисиз ийесиз ийтлер пайда болған жағдайда тез арада ветеринария хызметкерлерине хабарлаўы тийис. Адамды тислеген хайўанды абайлап услап бир жерге беккем байлап 10 күн даўамында ветеринария хызметкерлери тәрепинен бақлаў жүргизиў керек.     
Егерде ҳайўан қутырған болса тислеген адамға қутырыўға қарсы вакцина  салынады.   

Фархад Алланиязов

                                                Тахтакөпир районы СЭТО эпид врач жәрдемшиси