Siyosat Бийпул қара мал бериў даўам етпекте

Бийпул қара мал бериў даўам етпекте

0
Бийпул қара мал бериў даўам етпекте

Тахтакөпир районы секторлары аймағындағы «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың жасаў шәраятларын жақсылаў, өзин-өзи жумыс пенен бәнт етиў мақсетинде  пуқаралар жыйынларында жасаўшы усындай,  биринши нәўбетте социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың машқалалары үйренилип,  «Сақаўат ҳәм көмек» фонды есабынан олардың ҳәр бирине бир бастан қара маллар бийпул жәрдем есабынан тапсырылып атыр. Гезектеги бундай жәрдем  3-секторға қараслы "Қараой" аўыл пуқаралар жыйыны менен "Өзбекстан" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы,  "Темир дәптер"де есапта турған 9 шаңараққа берилди. 

Районда 89 кем тәмийинленген шаңарақлар бийпул қара мал менен тәмийинленеди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети