Siyosat Ўазыйпалар алға қойылды

Ўазыйпалар алға қойылды

0
Ўазыйпалар алға қойылды

Тахтакөпир районы ҳәкимиятының мәжилислер залында районға бекитилген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси сенаторы Орал Атаниязованың басшылығында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси және халық депутатлары районлық Кеңес депутатлары, тийисли тараў басшылары менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси сенаторы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының биринши орынбасары Ж.Казбековлар қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары тийкарында келеси үш жылда әмелге асырылатуғын ўазыйпалар ҳаққында сөз болды.
2020-2023-жылларда районды комплекс социал-экономикалық раўажландырыў: жаңа инвестициялар киргизиў арқалы халықты жумыс пенен бәнт етиў, "темир дәптер"лерге енгизилген шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў, депутатлар халық арасында болып, ҳақыйқый аўҳал менен танысыў тағы да басқа бир неше ўазыйпалар қойылды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети