Siyosat Ҳеш ким итибардан шетте қалмайды

Ҳеш ким итибардан шетте қалмайды

0
Ҳеш ким итибардан шетте қалмайды

Елимизде усындай уранымыз бар.Әлбетте бул жақсы. Сонлықтанда Тахтакөпир районы аймағына 150 километр алыста жайласқан "Қоструба" мәкан кеңес пуқаралар жыйыны халқының жағдайынан тез-тезден хабар алып турылады.. Қысқы мәўсимде аўыл халқын жанылғы отыны менен тәмийинлеў, оларға жәрдем бериў мақсетинде район ҳәкиминиң орынбасары Д.Жумабаевтың басшылығында прокуратура, салық уйымы хызметкерлери «Қоструба» мәкан кеңес пуқаралар жыйынында болды. Аймақтағы халықтың турмысы,  улыўма билим бериў мектеби ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, сондай-ақ кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайларынан хабар алып, көшпели қабыллаў өткерди. Қабыллаў даўамында пуқаралардың усыныс ҳәм мүражатлары тыңланып, оларды шешиў жоллары қарастырылып атыр. Ҳәзирги ўақыттағы ҳаўа райының суўық күнлери инабатқа алынып көмир ҳәм тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери саўдасы шөлкемлестирилди. Аймақтағы пенсия ҳәм напақа пуллары өз ўақтында жеткерип берилди.

Тахтакөпир районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети