Siyosat ГАЗ ИЙИСИНЕН ЗӘҲӘРЛЕНИЎДИҢ АЛДЫН АЛАЙЫҚ!

ГАЗ ИЙИСИНЕН ЗӘҲӘРЛЕНИЎДИҢ АЛДЫН АЛАЙЫҚ!

0
ГАЗ ИЙИСИНЕН ЗӘҲӘРЛЕНИЎДИҢ АЛДЫН АЛАЙЫҚ!

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң 2020-жыл 20-август күнги тастыйықланған баянламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республика аймағындағы мәҳәллелерде, турақ жайларда ҳәм сиясий тараў объектлеринде келип шығыўы мүмкин болған өртлер, газ ҳәм ҳаўа араласпаның партлаўы, пуқаралардың газ ийисинен зәҳәрлениў ҳәм басқада айрықша жағдайлардың алын алыў мақсетинде:

Тахтакөпир районлық Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери исши топар ағзалары менен биргеликте район аймағында жасаўшы пуқаралар арасында өрттиң алдын алыў, ийис газинен зәҳәрлениў ҳәм жүз бериўи мүмкин болған ҳәр қандай бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен исленетуғын печь, контрамарка печь ҳәм басқа да жылытыў үскенелеринен қәўипсиз пайдаланыў бойынша профилактикалық үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Район аймағында жайласқан мәкан пуқаралар жыйынларында өрттиң алдын алыў, газ ийисинен зәҳәрлениў, бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў ҳәм жылытыў үскенелеринен қәўипсиз пайдаланыў бойынша 1297 пуқаралардың қатнасыўында жыйналыс өткерилди.

Профилактикалық үгит-нәсият жумысларын алып барыў даўамында Тахтакөпир районы аймағында жасаўшы 5185 пуқараның турақ жайлары өртке қарсы жағдайы үйренилди. Бул үйрениўлер даўамында  5435 пуқара менен өрттиң алдын алыў, газ ийисинен зәҳәрлениў ҳәм бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ бенен ислейтуғын үскенелеринен қәўипсиз пайдаланыў бойынша түсиник жумыслары  алып барылды.

И.БИЙМБЕТОВ

Районлық  АЖБ  инспекторы, лейтенант